Жаслар ушырасыўы даўам етпекте

Генерал-майор А. Икрамов жаслар менен ушырасыў барысында Өзбекстан Республикасы халықаралық дәрежедеги спорт шебери, Токио олимпиадасына жоллама алған жерлесимиз Ж. Бердимуратов ҳәм  Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Консерваториясы “Академиялық дөретиўшилик факультети” “Халық сәзенделери” жөнелисиниң 2-басқыш оқыўшысы, Россия Федерациясы ҳәм Украина Республикасы халықаралық таңлаўлар жеңимпазы Г. Алламбергеновалар менен онлайн ушырасыў өткерилип, жаслар менен биргеликте сәўбетлесиўлер алып барылды.

 Буннан соң қатнасыўшы жаслар менен кеңнен пикирлер алысып, олардың мүрәжатларын тыңлады. Ушырасыўдан соң жаслар ушын концерт бағдарламасы шөлкемлестирилип, онда Қарақалпақстан Республикасы   ИИМ  Арал  жулдызлары  ансамбли ҳәм Республикамыздан келген бир қатар эстрада жулдызларының йошлы концерт бағдарламалары инам етилди. Илаж соңында мүрәжат еткен үш ҳаял-қызға тигиў машинасы, төрт жасқа кепсерлеў үскенелери тапсырылып, олардың мүрәжатлары толық қанаатландырылды.