Районда усы жылдың 27-Май күни спорттың «Киши футбол» түринен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқарма баслығының кубогы ушын жарыс шөлкемлестирилген еди. Жарысқа районымыздағы 13 өзин-өзи басқарыў уйымларындағы жәмлеспеген жаслардан дүзилген 11 команда қатнасты. Жарыс еки күн даўам етип, финаллық басқышқа «Қараөзек ППЖ» ҳәм «Ата мәкан» МПЖ спортшылары жоллама алып, өз-ара кескин беллести. Жарыс жуўмағында «Ата мәкан»МПЖ I-орын, «Қараөзек ППЖ» II-орын «Есимөзек» АПЖ III-орынларды жеңип алды. Жеңимпазларды район ҳәкими ҳәм басқалар қутлықлап, кейинги жарысларында жеңимпаз болыўына тилек билдирди. Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Солай етип «Ата мәкан» МПЖ спортшылары усы жылдың 29-Май күни болып өтетуғын республикалық басқышқа қатнасыўға жоллама алды.