Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын жәнеде реформалаў, артықша қағазбазлық көлемин жоқ етиў ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларын, мәмлекетлик мәкемелер ҳәм шөлкемлери искерлиги нәтийжелигин арттырыў, артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, исбилерменлик орталығын түптен жақсылаў, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң әўерегершиликлериниң алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2021-жыл 23-марттағы “Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда жәнеде қолайлы шараятлар жаратыў, бул бойынша бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында” ғы 6191-санлы Пәрманы тастыйықланды.
Пәрманға муўапық, 2021-жыл 1-июньнан баслап мәмлекетлик уйымлар, хожалық бирлеспелери, атқарыўшы ҳәкимият органлары, мәмлекетлик шөлкемлери ҳәм бөлимлери тәрепинен халықтан, сондай-ақ исбилерменлик субъектлеринен төмендеги тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди;
- Руўхый кеселликлер бойынша диспансер дизиминде турыўы яки турмаслығы;
- Наркология бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы;
- Судланбағанлық (яки судланғанлық) ҳаққында мағлыўмат алыў;
- Мәнзил-мағлыўмат мәлимлемесин алыў;
- Пуқараның атында шахсий үй-жай бар яки жоқ екенлиги;
- Турақ жайдың майданы;
- Салық қарызы бар яки жоқлығы ҳаққында;
- Салық төлеўши физикалық шахслардың салық хызмети органларында есапқа қойылғанлығы;
- Пенсия ҳәм напақа муғдары;
- Пуқаралардың пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде бар яки жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўматнама;
- Некеде дизимге алынғанлығы, некеде турмаслығы яки некеден ажырасқанлығы ҳаққында мағлыўматнама;
- Шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң нусқасы;
- Шахстың белгиленген үлгидеги фото сүўрети;
- Медициналық-социаллық эксперт комиссияларының мағлыўматнамалары;
- Мийнет дәптершелери ҳәм олардың нусқалары (пуқараларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти “Бирден-бир миллий мийнет системасы” уйымлар аралық бағдарламалық-аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);
- Мийнет ҳақы ҳәм мийнет стажын, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемесинде оқығанлықты тастыйықлаўшы архив мағлыўматнамалары (пуқараларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти “Бирден-бир миллий мийнет системасы” уйымлар аралық бағдарламалық – аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);
- Кадастр ҳүжжетлери ҳәм олардың нусқаларын талап етиў бийкар етиледи.
Бунда, мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлери жоқарыда нәзерде тутылған ҳүжжет ҳәм мағлыўматларды тийисли мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлеринен ғәрезсиз рәўиште, сондай-ақ «Электрон ҳүкимет» системасы мәкемелерара интеграцияласыў платформасы арқалы соралады.
Жоқарыда көрсетилген ҳүжжет ҳәм мағлыўматлардың мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлери тәрепинен халықтан талап етилиўи мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлери талапларын бузыў деп есапланады.
Қараөзек районы Мәмлекетлик
хызметлер орайы бас қәнийгеси А.Маханов