Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыл етиўде қандай өзгерислер киргизилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 2018 жыл 18 марттағы 244-санлы қарарына өзгерислер киритиў ҳаққында 2021-жыл 20-май күни 319-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, балалардың төмендеги контингенти бақшаға үстинлик пенен қабыл етилиў ҳуқықына ийе болады:

  1. I ҳәм II топар майыплығы болған шахслардың балалары;
  2. көп балалы шаңарақлар;
  3. жетим балалар ямаса ата-анасынан қараўысыз қалған балалар;
  4. “Ҳаяллар дәптери” не киргизилген, социаллық қорғаўға мүтәж жалғыз ҳаяллардың балалары;

5.контракт бойынша әскерий хызметкерлердиң ҳәм ишки ислер органлары хызметкерлериниң балалары;

6.студентлер ҳәм педагоглардың балалары;

7.ағалары ямаса әжапалары усы балалар бақшасының тәрбияланыўшыларынан болған балалар;

8.көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги шөлкемлерден улыўма түрдеги мектепке шекемги шөлкемлерге өткерилип атырған тәўир болған балалар (алдын-басқа мәкемелерден өткерилген балалар)

9.Усы қарар күшке киргенге дейин мәмлекетлик бақшаларға қабыл етиў ушын сораўнамасы жеңиллик тийкарында дизимге киргизилген балалардың жеңилликлери оларға жоллама берилгенге дейин сақланып қалынады.

Қараөзек районы Мәмлекетлик

хызметлер орайы бөлим баслығы:                                       А.Досымбетов