Қараөзек районындағы «Бердақ» АПЖ «Шайханакөпир» елатлы пункти аймағында 2 млрд 35 млн сумлық 90 орынға мөлшерленген барлық қолайлықларға ийе болған 14-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратына Қарақалпақстан Республикасы бюджети есабынан реконструкция жумыслары алып барыў ушын қаржы ажыратылды. Қурылыс жумысларын “Алмазбек капитал строй” ЖШЖ қурылыс кәрханасы тез ҳәм сапалы алып барды
.
Бүгин усы имараттың ашылыў салтанаты өткерилип, онда район ҳәкими ҳәм басқалар сөзге шығып, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлап, жас жеткеншеклеримизди тәрбиялап атырған тәрбияшылардың машақатлы жумысларында табыслар тиледи ҳәм дәстүрий лента кесилип, мийманлар бақшаның ишки қолайлықлары менен танысып шықты. Буннан соң қатнасыўшылар бақша балаларының таярлаған йошлы концерт бағдарламаларын тамашалады.