«Ата мәкан» МПЖ спортшылары жеңимпаз болды.

Районда спорттың «Киши футбол» түринен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқарма баслығының кубогы ушын жарыс шөлкемлестирилген еди. Жарысқа районымыздағы 13 өзин-өзи басқарыў уйымларындағы жәмлеспеген жаслардан дүзилген 11 команда қатнасты. Жарыс еки күн даўам етип, финаллық басқышқа «Қараөзек ППЖ» ҳәм «Ата мәкан» МПЖ спортшылары жоллама алып, өз-ара кескин беллести. Жарыс жуўмағында «Ата мәкан»МПЖ I-орын, «Қараөзек ППЖ» II-орын «Есимөзек» АПЖ III-орынларды жеңип алды. Жеңимпазларды район ҳәкими ҳәм басқалар қутлықлап, кейинги жарысларында жеңимпаз болыўына тилек билдирди. Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.