Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының тийкарлы даўа талабы бойынша суд шешими.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы экономикалық судына даўа арза менен еткен мүрәжатында “Alfa trans Nukus” ЖШЖ-тиниң (кейин-даўагер) пайдасына Нөкис районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасынан (кейин-жуўапкер) 77 272 000 сўм қарыз, 38 613 500 сўм пеня өндириўди сораған.

Атап айтқанда, даўа арза талабында тәреплер орталарында 2018-жыл 24-апрель күнги 18-Т-санлы автотранспорт хызметин көрсетиў ҳаққындағы  шәртнамаға муўапық, жуўапкерден қарызларды өндириў талаплары қойылған.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейин-ПК) 236-статьясына муўапық, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.

Пуқаралық кодексиниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған ушын егер Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.

Суд мәжилисинде тәреплердиң ўәжлерине баҳа берилип ҳәм истеги ҳүжжетлерге тийкарланып даўа арза қысман қанаатландырылды.

Себеби истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2018-жыл 24-апрель күнги 18-Т-санлы автотранспорт хызметин көрсетиў ҳаққындағы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәндине муўапық, даўагер жуўапкердиң буйыртпасына тийкар, өзине тийисли автотранспортда Өзбекстан Республикасы аймағында жүк тасыў хызметин көрсетиў миннетлемесин алған.

Иске қосылған 2018-жыл 08,30-мартдағы счёт-фактураларға тийкар, жуўапкерге 33 000 000 сўмлық хызметлер көрсетилгени тастыйықланады. Сондай-ақ, 2019-жыл 01-апрель күни дүзилген акт-сверкада жуўапкердиң 97 227 000 сум муғдарындағы қарызы тән алынған.

Тәреплер суд мәжилисинде усынған 2019-жыл 01-сентябрь күни дүзилген акт-сверкада жуўапкердиң 37 227 000 сўм муғдарындағы қарызы тән алынған. Демек қарыз қысман төленген.

Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодексиниң 236-статьясына муўапық, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Усы Кодекстиң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған ушын егер Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.

Қарызды төлеў ҳаққындағы 2019-жыл 08-май күнги тийкарғы даўагердиң талапнамасы жуўапкер мәнзилине почта арқалы жиберилген болсада, төлемлер әмелге асырылмаған.

Шәртнамада мүлкий жуўапкершилик белгиленбеген. Сонлықтан Өзбекстан Республикасы «Хожалық жүргизиўши субъектлердиң шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында»ғы Нызамының 32-статьясына тийкар, төлеўди кешиктиргени ушын даўагер тийкарғы қарыз суммасы 50% аспаған жағдайда 38 613 500 сум талап қылынған.

Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 19 306 750 сўм пеня өндириўди мақул тапқан.

Солай етип, даўа арза қысман қанаатландырылды.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен судқа берилген даўа арзасы тийкарында даўагер көп муғдардағы төлениўи лазым болған бажы пул төлемисиз өз мәселесин шешиўге еристи.

 

Нөкис районлар аралық

экономикалық суды судьясы                                               Б.Баймуратов