Депутат пуқаралардың машқалаларын үйренди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Б. Алдамуратов, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 21-санлы «Алғабас» сайлаў округи депутаты Ж. Адилбаев ҳәм бир қатар мәкеме басшылары «Қуралпа» АПЖ аймағындағы Бес кемпир аўылы турғынлары менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда аймақ турғынларыныӊ бир қатар мүрәжат ҳәм усыныслары тыӊланып, орынланыўы бойынша тийисли мәкеме, шөлкемлерге көрсетпелер берип өтилди. Буннан соӊ район аймағындағы бир қатар фермер хожалықларындағы  алып барылып атырылған жумыслары ҳәм суўды үнемлиўши технологиялардыӊ қолланылыў барысы менен кеӊнен танысып өтти.