Шаңарақ спорт жарысы

 Бүгин районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен «Атам анам ҳәм мен спортшы шаңарақпыз» спорт жарысы шөлкемлестирилди. Жарысқа 13 өзин-өзи басқарыў уйымларынан спортшы шаңарақ ағзалары қатнасты. Спортшылар жарыс шәртлери бойынша кескин беллесип, өзлериниң спортқа болған қызығыўшылықларын көрсетти. Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет, шаңарақлар арасында спортты кеңнен ен жайдырыў, саламат турмыс тәризин тәмийинлеў, жасларымызды спорт пенен турақлы түрде шуғылландырыўдан ибарат.  Жарыс соңында райондағы «Қараөзек ППЖ» турғыны Утемуратовлар шаңарағы биринши орынды ийелеп, республикалық басқышқа жоллама алды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленди.