1-ИЮНЬ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ БАЛАЛАРДЫ ҚОРҒАЎ КҮНИ.

Бул әжайып сәне ҳәр жылы бизиң елимизде үлкен байрам сыпатында кең түрде белгиленеди. Өйткени, бизиң халқымыз әзелден балажанлы, меҳрийбан халық саналады. 1-июнь Халықаралық балаларды қорғаў күни байрамы Қараөзек районында да кең түрде белгиленди. Байрам илажында район ҳәкими У. Утамбетов бәрше балаларды қызғын қутлықлап, соңғы жыллары мәмлекетимизде келешегимиз болған жас әўладтың тәлим-тәрбиясына айырықша итибар қаратылып, олардың ҳәр тәреплеме саламат инсан болып жетилисиўи ушын барлық қолайлықлар менен имканиятлардың жаратылып атырғанлығын атап өтти.   

Байрам илажында қатнасыўшы балаларға байрам саўғалары тапсырылды. Байрам қуўанышлары кишкенелеримиздиң концерт бағдарламалары менен даўам етти.