Байрамға арналып спорт жарысы шөлкемлестирилди

Бүгинги күнде районда спорттың аўыр атлетика түринен жас спортшыларымыз сыйлы орынларды ийелеп, бул спорт түри кеңнен қолға алынбақта. Спортшыларға Өзбекстан чемпионы, Азия призёры Қазақстан республикасы Алма-ата қаласында өткерилген жарыс жеңимпазы ветеран спортшы Ережеп Алмағанбетов басшылық етип киятыр. 1-июнь «Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы мүнәсибети менен O’zLiDeP Қараөзек районлық Кеӊеси, районлық жас өспиримлер спорт мектеби менен биргеликте, спорттыӊ аўыр атлетика түри бойынша спорт жарысы шөлкемлестирилди. Жарысқа мектеплерден жас спортшылар қатнасып, өз-ара беллести. Жарыс жуўмағында  жеӊимпазлар диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен хошаметленди.