«Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик» сүрени астында шөлкемлестирилген Жаслар фестивалы.

«Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик» сүрени астында шөлкемлестирилген «Жаслар фестивалы» шеңберинде Қараөзек районы ҳәкимлиги, районлық мəкеме-кəрхана ҳəм шөлкемлер менен жаслардың қатнасыўында “Саламат турмыс тәризи ушын 5000 қәдем” жойбары шеңберинде узақ аралыққа жүриў ҳəм дене шынықтырыў илажлары алып барылды. Буннан тийкарғы мақсет жәмийетимизде саламат турмыс тәризин кең түрде үгит-нәсиятлаў, ғалабалық спортты жəнеде раўажландырыў, жас әўладты саламат турмыс тәризине үйретиў болып табылады.

Фестивал шеңберинде райондағы «Ажинияз» ЖШЖ не бизнес саяхат шөлкемлестирилди. Оған райондағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң исбилерменликке қызығыўшы оқыўшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасып, исбилерменниң жумыслары менен танысып кең түрде түсиниклерге ийе болды.

Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, қәбилетли жасларды анықлаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў мақсетинде улыўма билим бериў мектеби оқыўшы жаслары арасында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы да өткерилди

Онда жаслар өзлериниң қәбилетлерин, шеберликлерин көрсетип, қатнасыўшыларда үлкен заўық бағышлады. Таңлаў жуўмағында жеңимпаз оқыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Фестивал соңында өткерилген  гала концерт жаслардың узақ ўақытлар даўамында ядында қаларлықтай сезимлерин пайда етти.