Бийдай орағына арналған семинар өткерилди.

Елимизде дән ғәрезсизлигин тәмийинлеўге ҳәр жылы өзлериниң мол үлеслерин қосып киятырған Қараөзек районының ғәллекешлери быйылғы жылдың ғәлле орым жыйымын шөлкемлескенлик жағдайында басландырып атыр. Усы мүнәсебет пенен райондағы “Қараөзекли Батырбай” фермер хожалығының атыз басында бийдай орағына арналған семинар болып өтти. Онда шығып сөйлеўшилер бәрше фермерлерди, аўыл хожалығы тараўындағы қәнигелерди мапаздың басланыўы менен қутлықлап, бийдай орағын тез ҳәм сапалы өткериў ушын белсендилик пенен қатнасыўға шақырды.

Район дийханлары бийдай түйеклеўде 13 отрядтта жумыс алып барып оған 13  жоқары өнимдарлы ғәлле түйеклеўши комбайнлары қатнастырылмақта.

Мағлыўмат ушын: Быйылғы жылда районда 4000 га жерге 244 фермер хожалығы бийдай егип, оннан 5775 тонна бийдай өнимин жетистириўди нийет етип отыр.