Бирлескен миллетлер шөлкеми (ПРООН) ның «Арал теңизи аймағындағы қоршаған орталықтың унамсыз тәсиринен жәбирленген аўыл халқының экологиялық, экономикалық ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўындағы қәўипсизлигин тәмийинлеў арқалы олардың турмыс шәраяты мүмкиншиликлерин беккемлеў» бағдарламасы тийкарында, Қараөзек районының үш пуқарасына мәйектен таўық жетистирип шығарыўшы инкубаторлар тапсырылды.
Жақын күнлерде бул инкубаторлардың жолға қойылыўы нәтийжесинде, үш пуқарамыздың бәнтлиги тәмийинленип, келешекте район ҳалқына таўық ҳәм арзан таўық гөш өнимлерин жеткерип турыўында өзлериниң үлеслерин қосатуғынлығы сөзсиз
.