Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети, Республика руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими, районлық Мәлимлеме-китапхана орайы ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасында баспасөз конференциясы болып өтти. Бүгинги күнде районлық китапхана орайында 18024 дана китап фонды бар болып, соннан 12771 данасы көркем әдебий китапларды қурайды. Сондай-ақ А. Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасының 2021-жыл 3-марттағы 26-санлы буйрығын орынлаў мақсетинде китапханада QR-кодлы китаплар ислеп шығарыў жолға койылды.
Бир ай даўамында китапхана кәнигелери тәрепинен 198 дана әдебий китаплардың QR-коды ислеп шығылды. Конференцияда китапхана қәнигелери QR- кодлы китаплардың интернетте калай ашылыўы ҳәм қолайлықлары ҳаққында кеңнен түсиниклер берип өтти. Конференция сораў-жуўаплар менен даўам етти.