Қараөзек районының ғәллекешлери быйылғы жылдың ғәлле орым-жыйымын шөлкемлескенлик жағдайында басландырып жиберди. Бул иске райондағы ғәлле жетистиретуғын фермер хожалықлары өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып атыр. Олардың атызларынан топланған бийдайлар райондағы дән қабыллаў бөлимине тапсырылып, онда район жас үкенлери, нураныйлар район басшыларына ҳәм фермер хожалық ағзаларына ақ пәтияларын берип, мол қырман жаратыўға тилек билдирди. Солай етип бийдайдың дәслепки өнимлери дән қабыллаў бөлимине тапсырылды.