Көргизбели семинар болып өтти

Бүгин Қараөзек районы “Бердақ” АПЖ аймағындағы “Қараөзекли Батырбай” фермер хожалығында бийдайдан босаған майданларға тәкирарий егин егиў бойынша көргизбели семинар болып өтти. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы М. Камалов, район ҳәкими У. Утамбетов, республикадан келген бир қатар министрликтиң басшылары, фермерлер менен жасларымыз қатнасты. Семинар даўамында сөзге шыққанлар тез арада ғәлледен босаған жер майданларын жумыссыз пуқараларға бөлип бериў ҳәм оннан пайдаланыў тәртиплери бойынша түсиниклер берип өтти. Усындай бийдайдан босаған майданларға тәкирарый егин егиў ушын 2 мың 872,0 гектар жер майданлары таярланып соннан, 430,8 гектар жер майданы жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын ажыратылып оған баў бақша, мәш, майлы егинлер менен азықлық егинлерин егиў режелестирилген.

Семинар жуўмағында орынланыўы лазым болған мәселелер бойынша тийисли басшыларға тапсырмалар берилип, районымыздың жумыссыз жаслары менен ашық сәўбетлесиўлер өткерилди ҳәм олардың машқалалары тыңлады.