«КАМАЛАК ЖУЛДЫЗЛАРЫ» АНЫҚЛАНДЫ

«Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик» ураны астында өткерилип атырған жаслар айлығы шеңберинде, жаслардың музыка ҳәм көркем өнерге болған қызығыўшылығын асырыў ҳәмде бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде усы жылдың 15-июнь күни 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Камалак жулдызлары» балалар дөретиўшилик фестивалының районлық басқышы болып өтти. Фестивалға қатнасыўшылар
6 жөнелис  бойынша өз өнерлерин сынақтан өткерди. Фестивал соңында ҳәр жас категориясы ҳәм жөнелислер бойынша 18 жас жеңимпаз болып, Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалар ҳәм дәрежели дипломлар менен сыйлықланды.