«Көркем реӊлер жылўасы» атамасындағы спорт жарысының Өзбекстан Республикасы басқышына Қараөзек районлық майыплар жәмийети ағзасы екинши топар майыбы Рысгул Туреева белсене қатнасып қайтты. Жарыс спорттың “Шахмат” түринен өткерилип, оған бир қатар ўалаятлардан шахматшылар қатнасты. Усы қатнасыўшылар арасында спортшымыз өз белсендилигин көрсетип, қарсыласлары менен кескин беллести. Жарыс соңында спортшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.