2021-жыл 9-июнь күни Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды өндирисине Мәжбүрий орынлаў бюросы Қараөзек районы бөлими тәрепинен келип түскен ҳуқықбузар Ж.З.ның қарсысына топланған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында иси көрип шығылды. Қараөзек районында жасаўшы пуқара Ж.З. ер жетпеген бир перзентиниң тәмийнаты ушын 11 айдан берли жәми 8.182.504 сўм алимент пулларын өз ўақтында төлеместен мойын таўлап жүргенлиги ушын пуқара Ж.З. Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниӊ 47/4-статьясының 1-бөлими менен айыплы деп табылып, 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.