Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-апрель күнги “Жергиликли атқарыўшы ҳәкимят уйымлары тәрепинен қабыл етилетуғын қарарларды ислеп шығыў, келисиў ҳәм дизимнен өткериўдиң бирден-бир электрон системасын енгизиў ис-илажлары ҳаққында”ғы 218-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде тийисли жуўапкер хызметкерлердиң қатнасыўында семинар болып өтти. Семинарда қәнийгелер тәрепинен қатнасыўшыларға, “E-qaror” электрон системасын жүритиў, қарар жойбарларын таярлаў бойынша түсиник жумыслары алып барылды.