Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек. Әсиресе жәрдемге мүтәж инсанларға, сондай-ақ ел хызметинде аянбай мийнет еткен нуранийлерге ҳүрмет-иззет көрсетиў әзелий қадириятлардан саналады. Бүгин район прокуроры ҳәм қәўендер шөлкемлердиң жәрдеминде райондағы «Қуралпа», «А. Досназаров», «Қараөзек», «Ак. С. Камалов» АПЖ да жасаўшы социаллық жәрдемге мүтәж 100 шаңараққа үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыўы ушын жер асты кранларын қурыўға жәрдемлер берилди.
Буннан алдын райондағы “Қуралпа” АПЖ дағы 50 шаңараққа жер асты кранлары қурылып, бүгинги күнде бул шаңарақлар қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланып, баў-бақша өнимлерин тәрбиялап атыр.