Бүгинги күнде жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды спорт пенен турақлы түрде шуғылландырыў мақсетинде «Спортқа меҳир қой, спорт пенен жаса» сүрени астында спорт жарыслары өткерилип атыр. Райондағы 3-секторға қараслы “Мәденият” АПЖ да жайласқан 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мәҳәлле жаслары арасында спорттың “Шахмат” түринен жарыс өткерилди. Жарыстың басланыўы менен районлық ИИБ хызметкерлери ҳәм АПЖ баслықлары қутлықлап, жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, жаслар арасында спорттың бул түрин кеңнен ен жайдырыў бойынша өзлериниң пикир усынысларын билдирип өтти.
Жарысқа қатнасқан ҳәр бир спортшы өз шаққанлықлары менен көзге тасланды. Жарыс соңында жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.