Қараөзек районы ҳәкимиятында Мәлимлеме технологиялары министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ҳәм район ҳәкимлиги, мәкеме ҳәм кәрханалар қәнигелери қатнасында райондағы «Санлы Өзбекстан–2030» стратегиясы шеңберинде санлы трансформация қылыў бағдарламасын орынлаў бойынша жыйналыс өткерилди.
Жыйналыс даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң санластырыўға қаратылған пәрман ҳәм қарарларының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм районның рейтинг көрсеткишин жақсылыў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды ҳәм нәўбеттеги рейтинг баҳалаўда жоқары нәтийжелерге ерисиў бойынша усыныслар берилди.