Бүгин районда Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў Министрлиги шөлкемлестириўинде “Әдалатлы қәйинене” атамасында таңлаў өткерилди. Таңлаўға райондағы АПЖ ҳәм МПЖ аймағындағы үлгили шаңарақ ағзалары қатнасты. Таңлаўды өткериўдеги тийкарғы мақсет қәйинене ҳәм келинлер арасындағы мүнәсебетти жақсылаў, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырға миллий дәстүрлеримизди жаслар санасына сиңдириўден ибарат.
Таңлаў барысында ҳәр бир қатнасыўшылар миллийлигимизди сәўлелендириўши сахналық көринислерди атқарып шықты. Солай етип таңлаў соңында жеңимпазлар Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен таярланған диплом ҳәм баҳалы сыйлықлар менен сыйлықланды
.