Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен Бердах АПЖ, Шайханакөпир елатлы пункити аймағында жаңадан пайдаланыўға тапсырылған 14-санлы Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Халықтың узағын жақын етип, халқымызға қолайлық жаратыў мақсетинде пуқаралардың бир қанша мүрәжатлары усы жердиң өзинде қабылланып унамлы шешимлерин тапты. Орай тәрепинен аймақ турғынларына жәми 70 тан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. Атап айтқанда, мәмлекетлик балалар бақшасына нәўбетке қойыў, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, судланбағанлық ҳаққында мағлыўматнама алыў, СТИН (ИНН) алыў, коммунал тармақларына жалғаныў ҳ.т.б хызметлер көшпели тәртипте көрсетилди.
Көшпели хызметлер көрсетиў даўамында аймақ турғынларына ҳуқықый мәсләҳәтлар берилип, халықтың саўатқанлығын асырыў мақсетинде тараўымызға байланыслы жаңадан қабыл етилген норматив-ҳүжжетлердиң мазмуны бойынша түсиник жумыслары алып барылып 50 ден аслам буклетлер тарқатылды.
Қараөзек районы Мәмлекетлик
хызметлер орайы бас қәнигеси: С.Баўберикова