Баспасөз конференциясы болып өтти

Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети, районлық “Мийнет байрағы” газетасы ,Республика руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими, ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, нураный журналистлердиң қатнасында баспасөз конференциясы болып өтти. Конференцияда 27- июнь “Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери”  күни  мүнәсибети менен өткен жыллар даўамында  «Мийнет байрағы» газетасының алып барған жумыслары менен кеңнен танысты. Соның менен бирге газетаның 75-жыллығын кең түрде белгилеў бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды. Конференция сораў-жуўаплар менен даўам етти.