Ҳуқық ҳәм мәплер нызамшылық қорғаўында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханаларының тийкарғы жумыс бағдарларынан бири–физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў есапланады. Халық қабыллаўханаларына ҳәр күни ҳәр қыйлы мазмундаға мүрәжатлар келип түседи.

Мүрәжатшыларды үйренип шығыў барысында берилген ҳәм тийисли жуўапкер шахслардың жуўапларына мүрәжатшыларда ҳәр қыйлы кейпият болыўы тез-тезден ушырасып турады. Себеплеринен бири бул-мүрәжаты қанаатландырылмағанлығы болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққындағы Нызамының 3-стаьясы 1-бөлим 2-хатбасына муўапық арза-ҳуқықларды, еркинликлерди ҳәм нызамлы мәплерди әмелге асырыўда жәрдем көрсетиў ҳаққындағы илтимас баян етилген мүрәжат болса, 4-хат басына муўапық шағым-бузылған ҳуқықларды, еркинликлерди тиклеў ҳәм нызамлы мәплерди қорғаў ҳаққындағы талап баян етилген мүрәжат болып табылады.

Атап көрсеткенде бундай жоқарыдағыдай жағдайлар социаллық напақалар, жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм үй-жай менен тәмийинлеў бойынша мүрәжатларда көплеп ушырасып турады.  

Көпшилик жағдайларда физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплери нызамшлықта (нызам, пәрман, қарар ҳ.т.б) нәзерде тутылған (белгилеген) болады.

Өзбекстан Республикасы Президентниң 2020-жыл 4-август күнги ПҚ-4797-санлы қарарының 1-қосымшасында Қарақалпақстан Республикасында 2020-жыл декабрден енгизиў белгиленген.

Финанс министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры тәрепинен 2020-жыл декабрь айынан 2021-жыл апрель айына шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетниң 2019-жыл 13-апрель күнги 308-санлы қарарына муўапық социаллық напақаларды тайынлаў бойынша жумыс алып барды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетниң 2021-жыл 5-март күни 122-санлы қарары тастыйықланып, бул қарар менен кем тәмийинлеген шаңарақларды анықлаў, социаллық напақа ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў шәртлери, мүрәжат етиў ҳәм оны көрип шығыў ҳәмде толыў тәртиби, төлемлерди қаржыландырыў тәртиби белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетниң 2021-жыл 5-март күни 122-санлы қарарына муўапық шахс тийисли ҳүжжетлерин өзи есапта турған яки турақлы жасап атырған өзин-өзи басқарыў органына тапсырады, өзин-өзи басқарыў органы тапсырылған ҳүжжетлерди бюджеттен тысқары Пенсия қорына усынады, топланған ҳүжжетлерди бюджеттен тысқары Пенсия қоры социаллық қорғаў бирден-бир реестрине киритиледи ҳәм нәтийжеси анықланады. Яғный, бул жерде инсан факторы болмайды.

Соның менен бирге,  усы қарардың 1-қосымшасы 31-бәнт 2-хат басына муўапық балалы шаңарақларға напақа, бала күтими бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем район (қала) жергиликли бюджетинде усы мақсетлер ушын нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде тайынланады, бунда басқа шаңарақлар дәраматына салыстырғанда кемирек болған кем тәмийинлеген шаңарақларға тайынланады ҳәм төленеди.

Биз жоқарыда тек ғана бир жағдайды қысқаша көрип шығыўға ҳәрекет еттик. Жәмийетимизде дерлик барлық жағдай усындай нызамшылық пенен тәртиплестирилген болып, егер нызамшылыққа сәйкес келмесе дурыс түсиниўиңизди сораймыз. 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

Қараөзек районындағы

Халық қабыллаўханасы баслығы:                             Б.Р.Мамутов