27-ИЮНЬ “БАСПА СӨЗ ҲӘМ ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИ КҮНИ”

Бүгинги тез пәтлер менен өзгерип атырған дәўирде дүнья мәмлекетлеринде ҳәм елимизде болып атырған жаңалықларды халқымызға оператив түрде жеткериў, ҳәр қандай мәселе бойынша кеӊ жәмийетшиликтиӊ пикирин оятатуғын материаллар таярлаў, мәмлекетлик басқарыў уйымлары менен халық арасында беккем байланысты орнатыў, журналистлерден үлкен жуўапкершиликти талап етеди. Бул бағдарда ғалаба хабар қуралларының ҳәр бири халқымызға сапалы ҳәм анық мағлыўматларды тезлик пенен жеткериўде тынымсыз мийнет етпекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-июнь күнги “Ғалаба хабар қураллары еркинлигин тәмийинлеў ҳәмде мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлери мәлимлеме хызметлери жумысларын раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында” ғы ПҚ-4366-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасындағы барлық ҳәкимликлер ҳәм министрликлерден мәлимлеме хызмети басшысы лаўазымлары енгизилип, олар шөлкемлескенлик пенен жумыслар алып бармақта.

Бүгинги күнде район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети тәрепинен де районымызда анықлық ҳәм туўрылықты тәмийинлеў бойынша жергиликли рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақларында, районымыз аймағындағы жүз берип атырған жаңалықлар, қабыл қылынып атырған нызам ҳүжжетлер менен мағлыўматлар турақлы түрде жәрияланбақта.

Сондай-ақ районда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең жәмәәтшиликти хабардар етиў мақсетинде аймақтағы журналист, блогерлер ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери, тығыз байланыста жумыслар алып барылмақта. Бүгинги күнге шекем райондағы тараў хызметкерлери менен биргеликте баспа сөз коференциялары, медиа турлар менен брифинглер шөлкемлестирилмекте, сондай-ақ мәлимлеме хызмети тәрепинен ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда жәрияланған анализлик мағлыўмат ҳәм мақалаларға  тез мүнәсибет билдирип келинбекте.

Район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты 2017-жылы март айынан баслап өз жумысын баслаған болса, бүгинги күнге шекем тийисли әҳмийетли мағлыўматлар турақлы түрде жайластырылып атыр. Районымыз жаңалықларын жарытып барыў мақсетинде “Қараөзек хабарлары”, «facebook»,  “you tube”, “instagram” “twitter”, социаллық тармақларында ҳәр күнги материалларды жарытып барыў жолға қойылды, сондай-ақ район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети тәрепинен бот канал ашылып, онда район пуқараларынан келип түскен мүрәжатлардың унамлы шешилиўине жәрдемлер берилди.

Ҳүрметли каналымыз ағзалары ҳәм кәсиплеслер!

Сизлерди 27- июнь “Баспа сөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни” менен шын жүректен қутлықлайман ҳәм дөретиўшилик жумысларыңызда табыслар тилеймен.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң

мәлимлеме хызмети баслығы:          Б.Утепшеев