Райондағы «Бердақ» АПЖ аймағындағы «Элеста» фермер хожалығында аўыл хожалығында суўды тежейтуғын технологияларды енгизиўге бағышланған көргизбели семинар кеңес өткерилди. Семинарда шығып сөйлеўшилер аўыл хожалығында суўды тежейтуғын технологиялардың абзалықлары, қолланыў усыллары бойынша семинар қатнасыўшыларына түсиниклер берип өтти. Районда 2021-жылда 970 гектар майданға суў тезеўши технологияларды орнатыў режелестирген болса, бүгинги күнге келип 970 гектар майданда тамшылатып суўғарыў бойынша мәнзилли режелер ислеп шығылды. Бул технологияларды қурыў ушын “Силвер дрип” ҳәм «Омад старт полимер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери 38 фермер хожалықларының 570 гектар майданына ҳәм “Қарақалпақстан Агро кластер” жуўапкершилиги шекленген жәмийети 400 гектар майданға шәрнамалар дүзди.
Бул жумысларды әмелге асырыўда, Қараөзек Агробанк тәрепинен 3 млярд 530 млн сум кредит қаржылары ажыратылып, 22 дана суў тындырыўшы ҳәўизлер қазылып,15 ҳәўизге менбрама төселди. Сондай-ақ 151,4 гектар майданға насос фильтрлер орнатылып, тамшылатыўшы шлангилер жайылып атыр. 19,6 гектар майдан толығы менен таяр болып, суўғарыў жумыслары баслап жиберилди.