Жаслар бәнтлиги тәмийинленбекте.


Жасларымыздың бәнтлигин тәмийинлеў бүгинги күнниң баслы ўазыйпаларының биринен есапланады. Районда бул бағдарда нәтийжели жумыслар қолға алынбақта. Район ҳәкиминиң тиккелей басшылығында бийдайдан босаған жер майданларын жумыссыз жасларға бөлип бериў бойынша ис-реже ислеп шығылды. Усы реже тийкарында райондағы «Бердақ» АПЖ аймағында жайласқан «Күлкихожақ» фермер хожалығында «Ҳәр бир жасқа 1 гектар жер» жойбары тийкарында жумыссыз 70 жастың ҳәр бирине 25 сотых жер майданлары ажыратылып, бул майданларға дәнли ҳәм от-жемлик егинлери егип берилди.