Бүгин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары Б. Матмуратов, район ҳәкими У. Утамбетовлар районындағы «Жасар дәптери» нде есапта турған ҳәм белсенди жаслар менен ушырасыў өткерди. Ушырасыў даўамында сенатор Б. Мәтмуратов шығып сөйлеп, мәмлекетимиз тәрепинен жасларға қаратылып атырған иканиятлар ҳәм жаслар бәнтлигин тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумыслар бойынша түсиниклер берип өтти
Буннан соң бир қатар жаслар менен сәўбетлесиў өткерип, мүрәжатлары тыңланды. Ушырасыў соңында мүрәжат еткен бир қатар жасларға район ҳәкимлиги, сектор басшылары ҳәм «Жаслар жамғармасы» тәрепинен 20 жасқа өзлериниң бәнтлигин тәмийинлеў ушын әсбап-үскенелер тапсырылды.