СЕНАТОР АТЫЗ БАСЫНДА ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Бүгинги жаслар менен ушырасыў даўамында сенатор Б. Матмуратов, райондағы «Балтамурат кластер» фермер хожалығындағы жасларға ажыратылған жер майданларында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысып, атыз басында жаслар менен сәўбет жүргизди. Сондай-ақ усы күни районлық «Бәнтликке көмеклесиў орайы» тәрепинен жумыссыз жаслар ушын шөлкемлестирилген тигиўшилик бойынша кәсипке қайта оқытыў орайының жумыслары менен де танысып шықты.