РАЙОНДА 48 ҲАЯЛ-ҚЫЗ ҚАЙТА КƏСИПКЕ ТАЯРЛАНДЫ

Бүгинги күнде районымызда жасаўшы социаллық қорғаўға мүтəж ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қанша нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Усындай ҳаял-қызларды қәсипке бағдарлаў, қәсип-өнерге үйретиў бағдарында районымыздағы Агроэкономика техникумында тигиўшилик кәсиби бойынша 3 ай мүддетке 48 ҳаял-қыз қайта кәсипке оқытылып, гуўалықлар берилди. Усы қызлар қатарында Жәнибекова Гулбаданда 3 ай оқып, “Қутлы мәкан” МПЖ ны аймағынан усы жылдың июнь айынан баслап, өз исбилерменлигин жолға қойып, аймақ турғынларына хызмет көрсетпекте.