Район спортшыларына имканиятлар жаратылды.

Районда жасларымыздың аўыр атлетика спорт түри менен шуғылланыў ушын бираз машқалалар бар еди. Усы машқаланы район ҳәкими ҳәм район прокуроры үйренип шығып, спорт залға бир қатар кәўендер шөлкемлер жәрдеминде оңлаў жумыслары исленип, керекли спорт инвентарлары алып берилди. Бүгин жаңа оңлаўдан шыққан спорт залдың ашылыўы болып, спорттың аўыр атлетика түринен район бириншилиги өткерилди.

Спорт жарысының ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары М. Жуманов, район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм басқалар қатнасып, спортшыларды қызғын қутлықлады. Жарысқа Нөкис қаласынан ҳәм районлардан 10 салмақ категориясында 100 ден аслам жас өспирим спортшылар қатнасты. Жарыс жуўмағында жеңимпазлар район ҳәкимлигиниң медал ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.