Бүгин Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында районлық Кеңестиң депутатлары , тараў белсендилери, мәкеме, кəрхана басшылары, мəкан ҳəм аўыл пуқаралар жыйынлары баслықларының қатнасыўында мәжилис болып өтти. Мәжилисти районы ҳәкими У. Утамбетов басқарып барды. Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А. Данияров шығып сөйлеп, мәмлекетимиз тәрепинен қабыл етилип атырған нызамлардың әҳмийети, алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин кеңнен түсиндирди , сондай-ақ мәжилисте қаралған мәселелер додаланып, бул бойынша бир қатар тараў басшылары өзлериниң пикир усынысларын билдирди.