Район орайындағы «Агросервис» ЖШЖ ти имараты бираз ўақытлардан берли қараўсыз қалып, бул жерде ислеўши хызметкерлердиң жумыс ислеўи ушын мүмкиншилик жоқтың қасында еди. Район ҳәкими бул машқаланы үйренип шығып, усы жылдан баслап имаратқа қурылыс-оңлаў жумысларын қолға алды.
Усы жылдың 14-июль күни имараттың ашылыў салтанаты өткерилип, онда район ҳәкими ҳәм басқалар сөзге шығып, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қызғын қутлықлап, мийманлар ишки қолайлықлары менен танысып шықты. Имаратқа жергиликли бюджет есабынан 1 млрд 173 млн сумлық ири оңлаў жумысларын ислеў режелестирилип, қурылыс жумыслары “ALLIANS ARAL-S” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен алып барылды.