ҒАЎАША ТӘРБИЯСЫНА АРНАЛҒАН СЕМИНАР КЕҢЕС.

Қараөзек районының фермер хожалықлары ҳəр жыл сайын жоқары зүрəəтликке ерисиў ушын тынымсыз мийнет ислеп, ғаўаша тəрбиясына дыққат- итибар қаратып киятыр. Олар быйылғы жылдың ғаўаша тəрбиясының агротехникалық  жумысларын өз ўақтында жүргизип, ғаўаша суўғарыў жумысларын алып барды. Райондағы «Бердақ» АПЖ аймағында ғаўаша тәрбиясына арналған көргизбели семинар кеңес болып өтти.

Семинарға Қарақалпақстан республикасы Министрлер кеңеси баслығының орынбасары С.Хожаметов  район ҳəкими У. Утамбетов,  фермер хожалықлары менен тийисли мəкеме басшылары қатнасты. Онда шығып сөйлеўшилер ғаўашаға суўдан кейин өз ўақтында тəрбиясын бериў, сапалы шүдигарға қойыў ҳәм шырпыў жумысларына айрықша итибар қаратыў жумысларына тоқтап өтти ҳәм қəнигелер тəрепинен мəслəҳəтлер берилди.