ШАҢАРАҚЛЫҚ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАӮАЖЛАНДЫРЫӮ УШЫН – ЖЕҢИЛЛЕТИЛГЕН КРЕДИТЛЕР

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 27.03.2021-жылғы «Шаңарақлық исбилерменликти раӯажландырыӯ дәстүрлери шеңберинде әмелге асырылатуғын қосымша ис-илажлар ҳаққында» ғы ПҚ-5041 қарары менен төмендегилер тастыйықланды:
– 2021-жылда Дәстүрлер шеңберинде жойбарларды қаржыландырыӯ дереклери кесиминдеги мақсетли параметрлери.
– 2021-жылда Дәстүрлер шеңберинде жойбарларды кредитлеӯдиң аймақлар кесиминдеги мақсетли параметрлери.
Мағлыӯмат ушын!

Шаңарақлық исбилерменликти раӯажландырыӯ, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды дәраматлы мийнет пенен бәнт етиӯге жөнелтирилген дәстүрлерге төмендегилер киритилген:
а) «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» дәстүри;
б) Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм тамарқа жер ийелери, сондай-ақ ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуӯатлаӯ дәстүрлери;
в) Өнерментшиликти раӯажландырыӯ дәстүри;
г) Бәнтликке көмеклесиӯ дәстүри.
2021-жылдың 1-апрельден баслап:
-халықты ҳәм исбилерменлик субъектлериниң кредит алыӯ ушын арзалары Шаңарақлық исбилерменликти раӯажландырыӯ дәстүрлери бирден-бир электрон платформасы арқалы қабыл етиледи;
-кредит алыӯға талабанларға «Агробанк» АКБ, АК «Халық банки» ҳәм «Микрокредитбанк» АКБ лар арасынан биреӯин ықтыярий таңлап, барлық дәстүрлер шеңберинде жеңиллетилген кредит алыӯ бойынша мүрәжат етиӯ имканияты жаратылды;
-кредит алыӯшы таңлаған өним жеткерип бериӯши (жумыс орынлаӯшы) шөлкем тәрепинен өнимлер жеткизилип берилгеннен (жумыслар орынланғанынан) соң, кредит қаржылары тәмийнатшының есап бетине ажыратылып бериледи;
-өзин-өзи бәнт ететуғын пуқараларға айырым түрдеги искерликти әмелге асырыӯ (өнерментшилик, ыссыхана қурыӯ ҳәм усыған уқсаған зәрүр шийки зат, аӯысық бөлеклер ҳәмде қурылыс материалларын сатып алыӯ) мақсетинде 5 млн. сумға шекемги муғдарда кредит қаржылары нақ пулда бериледи;
-«Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери» ҳәм «Темир дәптерлерге» киритилген пуқараларға ажыратылған кредитлердиң мақсетли ислетилиӯин мониторинг етиӯ жуӯапкершилиги акционерлик банклер менен бирге сәйкес рәӯиште район(қала) мәҳәлле ҳәм шанарақта қоллап-қуӯатлаӯ бөлимлери, Жаслар ислери агентлиги район(қала) бөлимлери ҳәм сектор баслықлары, сондай-ақ мәҳәлле пуқаралары жыйыны баслықларына жүклетиледи.
Шаңарақлық исбилерменликти раӯажландырыӯ жойбарларын қаржыландырыӯ ушын:
а) Қаржы министрлиги 1,3 трлн сум муғдарындағы қаржыларды ӯәкилликли банклардиң устав капиталын асырыӯға, соннан «Агробанк» АКБ ға-700 млрд сум, «Микркредитбанк» АТБ на-400 млрд сум ҳәм АК «Халык банки»не-200 млрд сум жөнелтириледи.
б) Тиклениӯ ҳәм раӯажланыӯ қоры үш жыллық жеңиллетилген дәӯир менен 7 жыл мүддетке:
-ӯәкилликли банклерге 1,6 трлн сумлық кредит ресурслары ажыратылыӯын тәмийинлейди:
АК «Алоқабанк» ке – пал ҳәррешиликти раӯажландырыӯ ушын 5 млн АҚШ доллары эквивалентинде ҳәм «Туранбанк» АКБ ке исбилерменлик субъектлериниң 10 сотиктан кем болмаған майданларда лимон жетистириӯди шөлкемлестириӯ жойбарларын қаржыландырыӯ ушын 8 млн АҚШ доллары эквивалентиндеги қаржылардың ажыратылыӯын тәмийинлейди.
Акционерлик банклар тәрепинен ажыратылатуғын кредитлер бойынша пайыз ставкалары, 2022-жылдың 1-январына шекем Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы шеңберинде белгиленеди. Акционерлик банкларға кредит ресурслары Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан 4% пәс дәрежеде ажыратылады.

Қараөзек районындағы
Өзбекстан Республикасы
Бас министриниң Исбилерменлердиң
мүрәжатларын көрип шығыӯ
қабыллаӯханасы жетекши қәнийгеси: Ж.Камалов