Қараөзек районындағы «Қараөзек» АПЖ «Таз» аўылынан 50 орынлыққа мөлшерленген 1шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, «Мәденият» АПЖ «Нурлы жер» аўылынан 75 орынлық 3 орыннан шаңарақ бақшалары шөлкемлестирилип, пайдаланыўға тапсырылды.
Бүгин усы имаратлардың ашылыў салтанаты өткерилип, онда район ҳәкими ҳәм аўыл ақсақаллары сөзге шығып, жыйналғанларды жаңа имараттың ашылыўы менен қутлықлады ҳәм жас жеткеншеклеримизди тәрбиялап атырған тәрбияшылардың машақатлы жумысларында табыслар тиледи. Ашылыў салтанатта дәстүрий лента кесилип, мийманлар бақшаның ишки қолайлықлары менен танысып шықты. Буннан соң қатнасыўшылар бақша балаларының таярлаған йошлы концерт бағдарламаларын тамашалады.