Қараөзек районында боян тамырды раўажландырыў ушын үйрениў жумыслары алып барылды.

Табиий ҳәм минерал ресурсларды қорғаў, көбейттириў ҳәм олардан ақылға муўапық пайдаланыў жумысларын шөлкемлестириў, тәбиятты қорғаў менен байланыслы нызамшылық талапларының бузылыў жағдайларын анықлаў ҳәм олардың алдын алыў, мәмлекетлик органлары басшылары ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлериниң жеке жуўапкершилигин күшейттириў, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2030-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасының әтирап орталықты қорғаў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында» ғы 2019-жыл 30-октябрдеги ПФ-5863-санлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилди.

Усы қарар тийкарында Қараөзек районындағы Мәмлекетлик тоғай хожалығындағы боян тамыр егилген егислик майданлардың жумыслары менен танысыў ушын, Өзбекстан Республикасы пәнлер академиясының Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети хызметкерлери менен биргеликте егислик майданларда үйрениў жумысларын алып барды. Бундағы тийкарғы мақсет, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерде боян тамырды жасалма түрде раўажландырыў, сондай-ақ плантациялар шөлкемлестириў мақсетинде физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жер ажыратып бериў арқалы боян тамыр ҳәм оның жаңа сортларын жетистириўден ибарат.