Бүгинги күнде бәнтлиги тәмийинленбеген жасларға ажыратылған жер майданларынан утымлы пайдаланған жаслар, егислик майданларына палыз өнимлерин егип, шаңарақларына дәрамат киргизип атыр. Район ҳәкиминиң орынбасары, Өзбекстан жаслар агентлиги Қараөзек районы бөлими ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен биргеликте райондағы бир қатар жаслар «Балтамурат кластер» фермер хожалығындағы жасларға ажыратылған жер майданларында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысып, атыз басында олар менен сәўбетлесиўлер жүргизди.