Қурбан ҳайт байрамы мүнəсибети менен қәўендерлик илажы шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарарына тийкар, Қурбан ҳайт байрамы мүнəсибети менен «Мəҳəлле» қайырқомлық жəмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы басқарыў бɵлими жанындағы «Сақаўат ҳəм кɵмек» қоры тəрепинен қәўендерлик илажы шөлкемлестирилди. Райондағы «Темир дəптер», «Ҳаяллар дəптери» ҳəм «Жаслар дəптери» нде  турыўшы шаңарақларды социаллық ҳəм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде, 200 шаңараққа жəми 50 млн 40 мың сумлық азық-аўқат ɵнимлери бийпул тарқатылды. Қайырқомлық илажына районлық Мəҳəлле ҳəм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бɵлими ҳəмде «Мəҳəлле» фонды районлық бɵлими хызметкерлери белсене қатнасты.