Пуқаралар мүрәжатларының алдын алыў мақсетинде кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж шанарақлар менен ислесиў ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 05-март күнги 122-санлы қарары бойынша семинар болып өтти. Семинарға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қараөзек районындағы Халық қабыллаўханасы баслығы Б. Мамутов ҳәм Қараөзек районы пенсия қоры баслығы А. Жақсымуратов ҳәм Мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, ҳаял-қызлар мәсләҳәтшиси З. Жақсымовалар қатнасты. Онда шығып сөйлегенлер, кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж шанарақлар менен ислесиў бойынша қарардың мазмун-мәнисин түсиндирип, видио ролик, слайд ҳәм басқа да материаллар арқалы мәсләҳәтлер берди. Семинар сораў жуўаплар менен даўам етти.