Халықты дизимге алыўда шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў қалайынша әмелге асырылады.

Халықты дизимге алыў ушын 2-3 жыл даўамында таярлық жумысларын алып барыў талап етиледи.
Республикамыз ғәрезсизлик жылларында халықты дизимге алыў илажын биринши мәрте өткерип атырғанлығын инабатқа алып, илажға пухта таярлық көриў ҳәм оны сапалы өткериў мақсетинде 2023-жылға көширилди.
Халықты дизимге алыў илажы 2023-жыл 1-25-ноябрь күнлери өткериледи ҳәм дизимге алыў басланыўының анық ўақты 2023-жыл 1-ноябрь саат 00.00 етип белгиленеди. Халықты дизимге алыў 25 кун даўам етеди.
Шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў Респондентлер жасаўшы (ўақтынша болып атырған) турақ жай ҳәмде натурақ жайларға, имәратларға барған ҳалда үйме-үй жүрип сораў өткериў арқалы әмелге асырылады. Дизимге алыў үлгилерин дизимге алыўшы қәнигелер тәрепинен респондентлердиң сөзлери тийкарында толтырылады;
Халықты дизимге алыўды өткериў дәўринде жасаў (турған) жайында ҳәзир болмаған ямаса жас өспирим шахсларға (респондентлар)  тийисли мағлыўматлар усы уй хожалығында жасы үлкен ағзалары тәрепинен алынады. Өзине салыстырғанда қәўендерлик белгиленген шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар олардың қәўендерлери тәрепинен алынады;
Жасап турған хожалығында дизимнен өтиўди қәлемейтуғын респондентлер ушын дизимге алыў сораўнамаларын толтырыў район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен ажыратылған имәратларда жайласқан стационар участкаларда әмелге асырылады;
Сөйлеў ҳәм еситиўде нуқсанлары болған пуқаралардың шахсқа тийисли мағлыўматларын жыйнаў тийисли аймақ бойынша майыплар жәмийетлериниң хызметкерлери ямаса усы шахс пенен қатнас етиў мүмкиншилигине ийе шахслар жәрдеминде әмелге асырылады.
Шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў, тәмийинлеў талапларын есапқа алған ҳалда информацион-коммуникация технологияларынан пайдаланыў арқалы да әмелге асырылады.
Халықтың айырым қатламлары бойынша шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаў, дизимге алыў үлгилери ҳәм басқада дизимге алыў ҳүжжетлерин толтырыў “Халықты дизимге алыўда” ғы Өзбекстан Республикасы нызамының 24-статьясына муўапық әмелге асырылады.