Усы жылдың 23-июль күнги Президентимиздиң басшылығында өткерилген “Халық мүрәжатлары менен ислесиў системасын түптен қайта қәлиплестириў ис-илажлары” бойынша кеңейттирилген видео мәжилиси өткерилди. Мәжилисте биринши гезекте халықты мүрәжат етиўге ең көп мәжбүр қылып атырған системалы машқалалар ҳәм оларды келтирип шығарыўшы себеплерин мәҳәллениң өзинде шешиў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.
Усы мақсетте Қараөзек районы ҳәкими, сектор басшылары ҳәм тийисли шөлкемлердиң қатнасыўында райондағы Ак. С. Камалов АПЖ аймағындағы үш аўылдың пуқаралары менен ушырасыў өткерилди. Онда район ҳәкими Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған бир қатар Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәнисин, әҳмийетин халықтың кең қатламына тереңирек жеткериў ең тийкарғы ўазыйпалардың бири екенлигине тоқтап өтти.
Ушырасыўда пуқаралар менен кеңнен сәўбет алып барылып, аўылдағы машқалалар, егислик жерлерин суўғарыў, жумыссызлық ҳәм материаллық жәрдемлер бойынша мүрәжатлар билдирип, сектор басшылары тәрепинен үйренилип, тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди. Усы күни аймақтағы “Алишеп” аўылына баратуғын еки километр жолдың қурылысы бойынша аўыл турғынлары жәрдем сорап мүрәжат етти. Мүрәжат сол орынның өзинде шешимин таўып, жолға тийисли кәрханалар тәрепинен оңлаў жумыслары басланып кетти.