Бүгүнги көшпели қабыллаў райондағы “Мәденият” АПЖ да даўам етип, онда пуқаралар тийкарынан ден-саўлықты сақлаў, жумысқа жайластырыў, үй жай, жолларды оңлаў ҳәм халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаў, абаданластырыў мәселелери бойынша мүрәжатларын билдирди. Қабыллаўда пуқараларды қыйнап киятырған бул машқалалардың айырымлары сол жердиң өзинде сапластырылып, мүддет талап ететуғын мүрәжатлар тийисли тараў басшыларына тапсырылды ҳәм тез күн ишинде шешиў илажлары бойынша көрсетпелер берилди. Қабыллаўға райондағы 4 сектор басшылары менен бир қатар мәкеме, шөлкем басшылары қатнасты.