Аймақ халқының дәртин тыңлаў, олардың аўырын жеңил етиў мақсетинде райондағы барлық аймақларда көшпели қабыллаўлар даўам етпекте. Район ҳәкиминиң басшылығындағы гезектеги қабыллаў “Қойбақ” АПЖ да өткерилди. Оған район ҳәкими У. Утамбетов, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министри А. Темирханов ҳәм сектор басшылары менен тийисли тараў хызметкерлери қатнасты. Қабыллаўда усы аймақ турғыны Алламуратов Ислам жайына қурылыс жумысларын ислеў ушын узақ мүддетли жеңиллетилген кредит сорап мүрәжат етти ҳәм оның мүрәжаты тийисли тараў басшылары тәрепинен қаанатландырылды. Сондай-ақ Жалмурзаева Тамарада көп жыллардан берли жумыссыз жүргенлиги себепли, жумыс сорап мүрәжат етти. Мүрәжаты сол жердиң өзинде үйренилип, сол аймақтағы қәўендерлер есабынан қурып питкерилген, суўды душшыландырыўшы үскенеде жумыс алып барыўы ушын жумысқа жайғастырылатуғын болды. Қалған пуқаралардың сораўларына ҳуқықый түсиниклер берилип, унамлы шешилиўи ушын сектор басшылары қадағалаўға алатуғынлығын билдирди.