Бүгинги күнде Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң саны 150 ден асты. Бул тараўдың шөлкемлестирилгенине азғана ўақыт болған болсада, көплеген унамлы нәтийжелерге ерисилди. Атап айтқанда Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен 2021-жыл 6 ай даўамында жәми 117 исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен өткерилип, соннан 56 (интернет арқалы 2) юридикалық шахс ҳәм 61 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Исбилерменлик субъектлерин қайта дизимнен өткериўде 2021-жыл 6 ай даўамында 39 исбилерменлик субьектлери қайта дизимнен өткерилип, 35 юридикалық шахс, 4 жеке тәртиптеги исбилерменлер болып есапланады.
Өткен 2020-жыл 6 айы даўамында орай тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға жәми 9 839 мәмлекетлик хызметлер көрсетилген болса, 2021-жылдың 6 айы даўамында жәми 17 228 мәмлекетлик хызметлер көрсетилип, өткен жылға салыстырғанда 7 389 хызмет артығы менен көрсетилип, мәмлекетлик хызметлер санының көрсеткиши жылдан жылға асқаны дәлийил бола алады.
Бүгинги күнде орайда жәми штат бойынша 5 хызметкер жумыс алып бармақта. Бул хызметкерлер тәрепинен 2021-жылдың I-ярымында жәми 17 228 мәмлекетлик хызметлер көрсетилип, районның халық саны 53 277 ни қурайды, бул көрсетилген хызметлер халық санының 32 пайызға туўра келеди ҳәмде ҳәр бир ислеўши орташа физикалық ҳәм юридикалық шахсларға 3 445 дан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик реестрден шығарыў бойынша өткен дәўирде жәми 55 исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик реестрден шығарылып, соннан 33 юридикалық шахс болса, 22 жеке тәртиптеги исбилерменлер болып есапланады. Район орайынан алыс аймақларға шығыў арқалы пуқаралардың ўақытларын тежеў ҳәмде олардың узағын жақын қылыў, соның менен бирге имканияты шекленген пуқараларға қолайлықлар жаратыў, пуқараларымызға тараўымызға тийисли болған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин түсиндириў мақсетинде олардың жасап турған орынларына барған ҳалда өткен 6 айы даўамында 2 180 көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Атап айтқанда орай хызметкерлери тәрепинен ғалаба хабар қураллары арқалы бир нешше мақалалар, телекөрсетиўлер, радио еситтириўлер ҳәм социаллық тармақларда мақалалар жәрияланды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен 2020-жыл 25-декабрьдеги өткерилген «Өзбекстан жаслары форумы»нда жасларға мотивация, бизнес ҳәм исбилерменлик тараўында билим хәм көнликпелерин кәлиплестириў, сол арқалы оларды исбилерменликке кең түрде тартыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша «Ҳәр бир исбилермен – жасларға ғамхор» басламасы ҳәмде “Жаслар 1+1” дәстүри мазмун мәнисин түсиндириў ҳаққында, ҳәмде “Мәмлекетлик хызметлер орайы-Мәҳәлле-пуқара” принципи тийкарында пуқаралардың электрон мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў көнликпелерин асырыў мақсетинде орынларда “Шеберлик сабақ” ларын шөлкемлестириў бойынша райондағы оқыўшы жаслар ҳәм жәмлеспеген жасларға орай хызметкерлери тәрепинен 90 нан аслам оқыў семинарлар ҳәмде ушырасыў кешелери, соннан 4 мәрте дөңгелек стол әтирапында, ҳәмде үйме-үй барып 300 ден аслам ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары, тийкарынан билимлендириў орынларында 52 мәрте, мийнет жәмәәтинде 8 мәрте, мәҳәллелерде 26 мәрте жумыслар алып барылды.
Орай хызметкерлериниң бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәмде спорт пенен шуғылланыўы барысында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрдеги «Саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм ғалабалық спортты жәнеде раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында” ғы 6099-санлы Пәрманына тийкар Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқарма баслығының тиккелей басшылығында орай хызметкерлериниң саламатлығына итибар қаратыў мақсетинде ҳәр ҳәптениң шемби күнлери спорттың қәлеген түри бойынша орай хызметкерлери шуғылланып келмекте.