“ДЕПУТАТ ҲӘМ ЖАСЛАР” УШЫРАСЫЎЫ БОЛЫП ӨТТИ.

Қараөзек районы ҳәкимлигинде Исбилерменлер Ҳәрекети–Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы (O’zLiDeP) Қараөзек районлық Кеңеси, районлык Кеңес депутатлары, O’zLiDeP ҚР Кеӊеси ҳәм бир катар жаслар қатнасында “Депутат ҳәм жаслар” ушырасыўы өткерилди. Ушырасыў  ашық сәўбет тийкарында алып барылды.

Онда шығып сөйлегенлер “Жаңа Өзбекстан–мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады” деген идея тийкарында кең түрде сәўбетлесиўлер алып барылды. Соның менен бирге  2021-жылы мәмлекетимизде “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халық саламатлығын беккемлеў жылы” мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўы бойынша мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ быйылғы жылы октябрь айында болып өтетуғын сиясий сайлаў мапазына таярлық көриў ҳәм оны өткериўде жасларымыз белсендилик көрсетиўин атап өтти.